СДЕЛАЙТЕ СВОИ УРОКИ ЕЩЁ ЭФФЕКТИВНЕЕ, А ЖИЗНЬ СВОБОДНЕЕ

Благодаря готовым учебным материалам для работы в классе и дистанционно

Скидки до 50 % на комплекты
только до

Готовые ключевые этапы урока всегда будут у вас под рукой

Организационный момент

Проверка знаний

Объяснение материала

Закрепление изученного

Итоги урока

История развития населения музыкального наследия каракалпак.

Категория: Музыка

Нажмите, чтобы узнать подробности

Музыкальное наследие каракалпаков - это часть политического и исторического развития народа, этнопсихологические аспекты, жизненный опыт, политические взгляды, цель и реализация которых находят отражение в деловых, образовательных и исторических традициях личности.

Просмотр содержимого документа
«История развития населения музыкального наследия каракалпак.»

4



ИСТОРИЯ РАЗВИТИЯ НАСЕЛЕНИЯ МУЗЫКАЛЬНОГО НАСЛЕДИЯ КАРАКАЛПАК.



Аннотация. Музыкальное наследие каракалпаков - это часть политического и исторического развития народа, этнопсихологические аспекты, жизненный опыт, политические взгляды, цель и реализация которых находят отражение в деловых, образовательных и исторических традициях личности.

Ключевые слова. Музыкальная культура, история, деятельность, эстетика, воспитание молодёжи


Annotation. The musical heritage of the Karakalpaks is a part of the political and historical development of the people, ethnopsychological aspects, life experience, political views, the purpose and implementation of which are reflected in the business, educational and historical traditions of the individual.

Keywords. Musical culture, history, activities, aesthetics, youth education



Миллий мәдений мийрас үлгилери мазмунында сәўлеленген пикирлер жас әўладты әдеплилик эстетикасына тәрбиялаўда оғада әҳмийетли рол ойнайда. Ғәрезсизлик жылларында руўхый тәрбияның илмий, педагогик тийкарларын тиклеў, усы мақсетте бул орында миллий мәдений мийрас ҳәмде үрип-әдет дәстүрлерден үнемли пайдаланыўға болған талап күшейди. Себеби, сиясый-мәдений раўажланыўларда әдеплилик тәрбиясын раўажландырыўда да мәмлекет бас орында болыўы ҳәм бул руўхый фундаментин тийкарлап бериўи айрықша көрсетип берилген.

Ғәрезсизлик шарапаты менен Қарақалпақстанда да жасларды, келешек аўладты музыка арқалы руўхый жақтан тәрбиялаўға имканиятлар жаратылды.

Демек миллий ғарезсизлик идиалогиясы- халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплескен жоқары руўхый үрип-әдет дәстүрлер уллы ата-бабаларымыздың өшпес мийрасларынан азықланады.

Келешек әўладты тәрбиялаўда жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў системасына бир қанша ўазыйпалар жүкленген. Мине усындай ўазыйпалардың бири- келешек аўладты музыка арқалы әдеплилик эстетикасына тәрбиялаў, миллий музыка мийраслары, тийкарынан қарақалпақ музыка мийраслары, заманагөй қарақалпақ композиторлары шығармаларындағы пикирлер, олардағы илгери сүрилген пикирлер ҳаққындағы билимлерди байытыў, қарақалпақ музыка шығармаларын атқарыў көникпелерин ҳәм билимлерин қәлиплестириўден ибарат.

Қарақалпақ музыка мийраслары халықтың сиясый ҳәм тарийхый раўажланыўы, этно-психологик тәреплери, өмирлик тәжирийбелери, сиясый көз-қараслары, мақсети ҳәмде оны әмелге асырыў жолында шолкемлестирилетуғын искерлик тараўлары, шахсқа тәлим-тәрбия бериў дәстүрлери тийкарында қәлиплескен болып, әсирлер даўамында тарийхы басқышлар тийкарында аўладтан-аўладқа өтип келмекте.

Усы себепли қарақалпақ музыка мийраслары мазмунын терең үйрениў, олардағы сәўлеленген бийбаҳа пикирлерден тәлим-тәрбия жолында пайдаланыў зәрүрлигин арттырады.

«Шығыс музыкасы-бул Шығыс философиясы, дүнья мәдений мийраслары қатарында Шығыс музыкасының орны уллы» [1.308].

Әлбетте өз халқымыздың музыка тарийхын үйрениў өз алдына бир актуаль мәселе болып табылады, «Қарақалпақлар әйемги ҳәм бай тарийхқа ийе халқы. Бул халық пүткүл дуньяға белгили болған миллий мәдениятка, өз миллийлигине тән өзгеше искусствосына, классик әдебиятына, руухый байлықларына, үрип әдет дәстүрлерине ийе».

Музыка өнери адамның ишки руўхый дүньясын, ҳәр қыйлы сезимлерин, әсиресе қуўаныш-күйинишилерин улыўмастырған түрде жағымлы сазлар жәрдеминде образлы жеткерип бериўиндиң бир түри есапланады. Тыңлаўшы музыкада сәўлеленген ўақыяға қыял жуўыртырып, ондағы қубылысларға өзин қатнасып атырған тақылетте түсинип, ериксиз түрде сол ўақыялыққа өзин араластырып, ишки пикирин көз-қарасын билдириўге мәжбүр болады. Жүзеге келген жақсы сезимлер арқалы адамлар менен өз-ара байланыслық, бир пикирлилик қәлиплеседи. Демек, музыка адамның дүнья түсингине де көз-қарасына да тәсирин тийгизип, оның образлары адамның ўақыялыққа қатнастағы ишки сезимлеринен, толғанысларынан, кеўил хошынан турады.

Сондай-ак эстетикалык тарбия системасында да музыка айрыкша ролди аткарады. Ол «инсанияттын руухый дуньясына кушли тасир етеди, ол кандай доретиушилик адамы болмасын,кандай касипти ийелемесин дөретиўшилик кәбилетин күшейтиўге өз тәсирин тийгизеди». Музыка спецификасы орталығында (мелодия, интонация) адамның ойлаў ҳәм сезиў қәбилетлерин раўажландырады. Музыкалық шығармалардағы көркем дөретиўшилик структурасында ойлаў ҳәм эмоциялық мазмунды байытады. Музыка инсанның эмоциясын раўажландырады ҳәм өзине қабыллаў дәрежесин күшейтеди, соның ушында музыканы сезиўши тил деп атайды. компазитор Дм.Шостакович «Уллы музыка искусствосын суйин хам кадирлен. Ол сизлерге ойлаудың пүтин бир дүньясын ашып береди.Ол сизиң руухый дүньянысты кушейтеди.Сиз сол уақыттана жаңаша дүньяның сулыў рәнберен тәреплерин көре аласыз. Музыка арқалы сиз көринбейтуғын күшлерин табасызлар» [2.15] - деген еди.

Бул музыка әдебият, театр, сүўретлеў өнери сияқлы адамның сана-сезимине, турмысына, өмирине үлкен тәсирин тийгизеди. Оның жәмийеттеги болып атырған ҳәмме өзгериске тиккелей қатнасы бар[3.35].

В.Г. Белинский музыка ҳәм лирикалық поэзияны салыстыра отырып, лирикалық поэзияға қарағанда музыка көбирек адамның ишки дүньясын сәўлелендиреди деп атап өтеди[4.28] .

Ал рус композиторы ҳәм критик А.Н.Серов болса, поэтикалық сөздиң көркемлик мүмкиншилиги менен музыканы салыстырып, музыка поэзияны толықтырады, себеби қара сөзге қарағанда музыка арқалы билдириў, сездириў күшили деп есаплайды[5.39].

Музыка әлеминде ҳәмме нәрсени сезиўге болады, адамның жан-дүньясын, оның ҳарактери, қарама-қарсы күшлердиң, талаплардың, ямаса нийетлердиң соқлығысыўы, философиялық ойлар, социаллық конфликтлер, ҳәммеси музыкада емин еркин сезиледи. Музыканың ролин анықлаўда көплеген көз-қараслар бар. Мәселен: Австрия музыка критиги Э.Ганслик, «Музыкада тек сеслер бар дейди». Бул жалған поэзия буржий теоретиклердиң болжаўы болған, олар музыканың өмирге ҳеш қатнасы жоқ деп түсинген. Дурыс, гейпара музыка шығармалары әдеп-икрамлылықтың ҳеш қандай белгисин кормеймиз, керисинше жасларға, зиянлы тәсирин тигизеди.

Дунаевский: Музыка тәрбиялық жумысты алып барыўда үлкен роль атқарады дейди “Музыка тыңлап отырып қандай бахытлы өмирди көре аласаң , музыка тыңлап отырып өмир сүриўди қаншелли раҳат екенлигин түсинесең. Усы өмирде буннан да бетер жақсы өмир сүргиң келеди. Қәне енди, мен қусап ҳәмме адам жақсы өмир сүриўге умытылғанда”[6.9] - дейди.

Музыкаға биреўлер шын ықласы менен қызығады, биреўлер тек кеўлин көтерди. Жеңил музыканың өмири қысқа десек, гей бир ҳақыйқый музыкалар әсирлер бойы өмир сүреди. Мәселен, Бах, Моцарт, Бетховен, Чайковскийлердиңә музыкалары елеге шекем тири. Музыка-сезим тили, ол қызғын тәсир етиўши, күшли сезимде музыка абстракт тәсири етиўши емес, бәлки дәлйленген тәсирлер сәўлеленеди. Композитор музыкалық шығарма дөреткенде сөзсиз ҳақыйқатлық уақыяаға, реал турмысқа байланыслы етип дөретеди. Музыканы тыңлаў, сезиў адамның тәбиятына байланыслы. Ҳәр адам өзинше түсинип, өзинше қабыл етеди. Ол оның өмир тәжирбесине, қабилетине, ақыл-ойына, дүньяға көз-қарасы әрман-арзўна байланыслы. Музыканы тыңлап билген адам ғана, оны дурыс түсинеди.

Уллы компазитор Дм.Шостакович «Уллы музыка искусствосын сүйин ҳәм кәдирлең. Ол сизлерге ойлаўдың, пүтин бир дүньясын ашып береди. Ол сизиң руўхый дүньяңысты күшейтеди. Сиз сол ўақытта жаңаша дүньяның сулыў рәнберең тәреплерин көре аласыз. Музыка арқалы сиз көринбейтуғын күшлерин табасызлар» [7.15] - деген еди.

Ишки сезим туйғылар музыка ушын суўретлеп бериў придмети болыўы менен бирге тең турмыслық мазмунды ашып бериў қуралы болып есапланады. Музыка сәўлеленген ишки сезим, туйғылар ўақыяларға байланыслы болмаған таза абстрактлық эмоция емес. Олар барлық ўақытта анық көз-қарас тийкарында таңлаған, пайда болған инсан өмиринде керек болған сезимлер, оны қоршаған орталықтың тәсиринде пайда болады. Ол турмыс ўакыялары тийкарында пайда болған көз-қарасларды идеяларды сәўлелендиреди.


Пайдаланған әдебиятлар

  1. Шостакович.Д. Знать и любить музыку. М. 1958.г.

  2. Цит. По книг. Хасанов.А.Ш Нравственно-эстетическое воспитан ие молодежи средствам музыка Ганслик.Э. О музыкально-прекрасном. М. 1910.г.

  3. Хасанов.А.Ш Нравственно-эстетическое воспитан ие молодежи средствам музыка. Т. «ФАН» 1985.ж.

  4. Музыкальное воспитание в современном мире. М Советский композитор, 1973.г.

  5. Цит. По кн: Рзянкина Т Войдите в мир музыки. Л. Музыка, 1968 г.

  6. Шостакович.Д. Знать и любить музыку. М.1958.г.


Скачать

Рекомендуем курсы ПК и ППК для учителей

Вебинар для учителей

Свидетельство об участии БЕСПЛАТНО!